Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.08.2022 17:00
  • 816

Абитуриентлер ушын қосымша имканият бериледи

 

2022-жыл 11-август күни профессионал билимлендириў мәкемелерине (колледж ҳәм техникумлар) абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

 

Абитуриентлерди дизимге алыў Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтында «Профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылмақта.

 

Дизимге алыў 10-сентябрьге шекем (10-сентябрь күни де) даўам етеди ҳәм абитуриентлер көрсетилген сәнеге шекем өз мағлыўматларын өзгертиўи мүмкин.

 

Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларында қатнасқан абитуриентлер профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын да дизимнен өтиўи мүмкин.

 

Бунда абитуриентлерде жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларында топлаған баллары менен профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын таңлаўда қатнасыў имканияты бар.

 

Буның ушын төмендеги шәртлер орынланыўы керек:

 

- абитуриент профессионал билимлендириў мәкемесине кириў ушын сайлап атырған тәлим бағдарының пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги жоқары оқыў орынларына кириў ушын сайлаған тәлим бағдарының пәнлер комплекси менен бирдей болса;

- абитуриент жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларында қатнасқан болса;

- профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын дизимнен өтиўде усы имканияттан пайдаланыўды сайласа.

 

Егер усы шәртлер орынланбаса ямаса абитуриент усы имканияттан пайдаланыўды қәлемесе барлық абитуриентлер сыяқлы профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларында қатнасады.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған