Telegram karinform

Экономика

  • 18.08.2022 17:00
  • 912

Қарақалпақстанда дүньядағы ең үлкен самал электр станцияларының бири қурылады

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Саудия Арабстаны Патшалығына мәмлекетлик сапары шеңберинде Өзбекстан Энергетика министрлиги, Саудия Арабстаны Энергетика министрлиги және Саудия компаниялары арасында улыўма баҳасы 12 миллиард АҚШ доллары болған үш келисимге қол қойылды.

 

Министрлик баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, биринши ҳүжжет ACWA Power компаниясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында қуўатлылығы 1,5 ГВт болған самал электр станциясын қурыў ҳаққындағы келисим болып, бул жойбар тек ғана региондағы емес, соның менен бирге, дүньядағы ең үлкен самал электр станцияларының бирин қурыўды нәзерде тутады. Мәлим етилиўинше, самал электр станциясының қуўатлылығы 1,65 миллион хожалықты электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳәм жылына 2,4 миллион тонна углерод шығындылары шығыўының алдын алыў имканиятын береди.

 

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта ACWA Power компаниясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районында 100 мегаватт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясы қурылмақта.

 

Сондай-ақ, қол қойылған келисимге муўапық Саудия Арабстаны тәрепинен Өзбекстанның энергетика комплексине жақын 5 жылда 10 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы инвестиция киргизиў белгилеп алынды.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында