Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.08.2022 11:00
  • 989

Абитуриентлердиң ярымынан көбиси өтиў балының ең минимум дәрежесин де топлай алмаған

 

Быйылғы жылы Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларында 1 миллион 73 мың 821 абитуриент қатнасқан. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтындағы ашық мағлыўматларға тийкарланып ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиев мәлим етти.

 

Тестке қатнасқан усы абитуриентлердиң 550 мыңы – яғный 51,2 проценти өтиў балының ең төменги шегарасы есапланған 56,7 баллды да топлай алмаған.

 

Блогер быйылғы көрсеткишлерди өткен жылдағысы менен салыстыра отырып, төмендегише пикир билдирген:

 

«Өткен жылдағы жағдай менен салыстырғанда аўҳал және де төменлеген. Өткен жылы 36 процент абитуриент 56,7 баллды да топлай алмаған еди, быйыл бул көрсеткиш 51,2 процентке көтерилди. Әлбетте, бунда мәжбүрий блоктағы аңсат сораўларға берилетуғын баллар муғдары кемейтилип, қәнигелик пәнлерге үлкен итибар қаратылғанлығы да себеп болды».

 

Быйыл Өзбекстан бойынша ең төменги көрсеткиш өткен жылдағы сыяқлы Ташкент ўәлаятында (55,9 процент), салыстырмалы жақсырақ нәтийже болса Ташкент қаласында (45,2 процент) дизимге алынған.

 

Мағлыўматларда көрсетилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында улыўма тест имтиханларына 69 807 абитуриент қатнасқан болса, соннан 37 115 абитуриент (53,2 процент) 56,7 баллдан төмен көрсеткишке ерискен.

 

 

Ташкент қаласы, Бухара, Ферғана, Хорезм ҳәм Самарқанд ўәлаятларында бул бойынша көрсеткишлер 50 проценттен аз екенлиги мәлим болды.

 

«56,7 балл – бул топлаў мүмкин болған ең жоқары 189 баллдың 30 проценти болып есапланады. Яғный абитуриент ҳеш болмағанда 30 процентлик билимге ийе болса, усы көрсеткишти топлай алады. 30 процентлик билим болса рейтинг системасына салыстырғанда ҳәттеки 2 баҳаға да туўра келмейди! Мүмкин, 1 баҳа десек дурыс болар», - деп жазған Х.Худайбердиев.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў