Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.08.2022 16:00
  • 766

Адамға садық дос: Қарақалпақстанда 134 жынаят хызмет ийтлери жәрдеминде ашылды

 

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының кинология бөлими тәрепинен усы жылдың өткен жети айы даўамында жынаят-излеў бағдарында 134 жынаят хызмет ийтлери жәрдеминде ашылды. Бул ҳаққында «Тынышлық сақшысы» газетасы хабар берди.

 

Атап айтқанда, усы жылдың 4-январь күни түнги ўақытта намәлим адам Нөкис қаласы 22-киши районы аймағында жайласқан мебель ислеп шығарыў цехына жасырынша кирип, бул жердеги темир сейфти бузған ҳәм оның ишиндеги 236 миллион сум муғдарындағы пулдан 180 миллион сумға шамаласын алып кеткен.

 

Тергеў-оператив топары қурамында ўақыя орнына жетип келген киши инспектор-кинолог, аға сержант Мурат Өтениязов өзиниң «Зевс» лақаплы хызмет ийти менен иске кириседи. Көзден өткериў процесинде «Зевс» сейф қасынан из алып, имараттан сыртқа шығады. Бағдар бойынша алып барылған оператив-излеў жумыслары нәтийжесинде көп өтпей урлықты усы цехта жумыс ислейтуғын Ж.О. әмелге асырғаны анықланады.

 

- Ҳәзирги ўақытта бөлимимизде 44 хызмет ийти бар. Улыўмалық ҳәм арнаўлы таярлықтан өткерилген усы хызмет ийтлеринен из алыў бағдары, нәшебентлик затларды ҳәм жарылыўшы затларды излеп табыўда нәтийжели пайдаланып келинбекте, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының кинология бөлими бас қәниге-кинологы, аға сержант Шарапат Өтепов.

 

Хызмет ийтлери питомнигинде хызметкерлердиң кәсиплик тәжирийбесин арттырыў ушын 30 күнлик арнаўлы курслар шөлкемлестирилген. Бул курсларда киши инспектор кинолог хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, оларға бириктирилген хызмет ийтлерин улыўмалық ҳәм арнаўлы қайта таярлаў жумыслары алып барылады.

 

Кинология бөлиминдеги хызмет ийтлериниң кеселликке шатылыўының алдын алыў, ўақыя орнына барыўда бәрқулла таяр ҳалда болыўы ушын ветеринария хызмети де жақсы жолға қойылған.

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал