Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.09.2022 15:00
  • 9560

Бюджет мәкемелеринен басқа жеке меншик шөлкемлерде жумыс ислейтуғынларға ҳәмиледарлық напақасын төлеў тәртиби белгиленди

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 515-санлы қарарына муўапық, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын тайынлаў және төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

 

Режеге муўапық, бюджет шөлкемлеринен басқа барлық юридикалық тәреплерде 6 ай үзликсиз жумыс ислеп атырған ҳаялларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын төлеў тәртиби белгиленди.

 

Напақа Социаллық қамсызландырыў қоры есабынан перзент дүньяға келгенге шекем минимал тутыныў қәрежетлериниң 4 есеси (1 миллион 992 мың сум) муғдарында бериледи.

 

Усы тийкарда, юридикалық тәреплердиң напақа төлеў миннетлемеси Қор есабынан төленген напақа муғдарына кемейтиледи.

 

Мийнетке жарамсызлық қағазы напақаны тайынлаў ҳәм төлеў ушын тийкар болады. Мийнетке жарамсызлық қағазы рәсмийлестирилгеннен 5 жумыс күнинде мағлыўматлар жуўапкер медицина хызметкери тәрепинен «Медицина» информациялық системасына киргизиледи ҳәм мағлыўматлар «Бирден-бир реестр» системасына жибериледи.

 

«Бирден-бир реестр» системасы тәрепинен напақа тайынлаў ямаса бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етилип тийкарланған ҳалда напақа алыўшының телефонына SMS-хабар жибериледи. Напақа ҳәр айдың 10-сәнесине шекем напақа алыўшының пластик картасына өткерип бериледи. Пластик карта болмаған жағдайда болса айдың 27-сәнесине шекем нақ көринисте бериледи.

 

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған