Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.10.2022 12:00
  • 544

Аўыллық жерлердеги шет тиллерин үйретиўши мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине субсидиялар бериледи

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-сентябрьдеги 513-санлы қарарына муўапық, Аўыллық жерлерде шет тиллерин оқытыў жумысларын шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине жергиликли бюджет қаржылары есабынан бир мәртелик субсидия ажыратыў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

 

Регламентке муўапық, субсидия мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлерине төмендеги мақсетлерде бериледи:

 

– имарат ҳәм оқыў бөлмелерин заманагөй мәлимлеме коммуникациялық технологиялар, мебель, әсбап-үскенелер, оқытыўдың техникалық қураллары ҳәм басқа үскенелер менен тәмийинлеўге;

– зәрүр болған сабақлықлар, оқыў-методикалық әдебиятлар ҳәм басқа китапхана-мәлимлеме ресурслары және қураллары менен тәмийинлеў, билимлендириў процесин шөлкемлестириўге бириктирилетуғын педагог кадрлардың мийнетине ҳақы төлеўге.

 

Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеми субсидия алыў ушын календарь жылдың ҳәр шереги биринши айының 10-сәнесине шекем Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz)нда электрон дизимнен өткен ҳалда мүрәжат етеди.

 

Мүрәжатқа төмендегилер қосымша етиледи:

 

– 2 жылға белгиленген бизнес жоба;

– өним жеткерип бериў ямаса жумысларды, хызметлерди орынлаў ҳаққында дүзилген хожалық шәртнамалары;

– педагог кадрлар менен дүзилген мийнет шәртнамалары;

– педагог кадрлардың шет тилин билиў дәрежесин тастыйықлайтуғын сертификатлары;

– оқытыў процесинде пайдаланылып атырған имарат ямаса оқыў бөлмелериниң ижара шәртнамасы (көшпес мүлк ижарасы тийкарында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлери ушын).

 

Субсидия ушын талабанлардан жоқарыда көрсетилмеген мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди талап етиў қатаң түрде қадаған етиледи.

 

Талабан тәрепинен мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын төлем төленбейди.

 

Бул тәртип 2022-жыл 1-октябрьден баслап әмелде қолланылады.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында