Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.10.2022 18:00
  • 585

Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде аралықтан оқытыўды енгизиў тәртиби белгиленди

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 3-октябрьдеги 559-санлы қарарына муўапық, «Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде аралықтан оқытыўды енгизиў илажлары ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

 

Реже тийкарында аралықтан оқытыў арқалы жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында кадрларды таярлаўды шөлкемлестириў тәртиби белгиленди.

 

Буның ушын билимлендириў шөлкеминде төмендегилер болыўы талап етиледи:

 

– аралықтан оқытыўды басқарыў ушын «Learning Management System» платформасы;

– интернетке жалғаныў ҳәм пайдаланыў ушын информациялық-коммуникациялық инфраструктура;

– оқыў жылы ушын белгиленген оқыў контенти;

– пәнлердиң электрон оқыў-методикалық комплекслери және илимий ҳәм оқыў әдебиятларының электрон базасы;

– компьютер техникасы менен үскенеленген өз алдына имарат ямаса аудиториялар;

– техникалық ҳәм программалық компонентлердиң ислеўин тәмийинлейтуғын инженер-техник хызметкерлер;

– билимлендириў шөлкемине тийисли болған, мәмлекет аймағында жайласқан сервер қурылмасы;

– билимлендириў шөлкеми ҳаққындағы барлық мағлыўматлар орналастырылған рәсмий веб-бет.

 

Аралықтан оқытыўды енгизиў мүмкин болмаған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ҳәр жылы 1-апрельге шекем жәрияланады.

 

Аралықтан оқытыў тийкарында кадрлар таярлаўда бир бакалавриат тәлим бағдары 300 студент, бир магистратура қәнигелиги 30 студенттен аслам болмаўы керек.

 

Бунда:

 

– бул талап информациялық-коммуникациялық технологиялар бағдарларына енгизилмейди;

– студентлердиң санын анықлаўда сырт мәмлекет пуқарасы болған студентлер есапқа алынбайды.

 

Аралықтан оқытыўда оқыўға қабыл етилген студент төмендеги жағдайларда жоқары билимлендириў шөлкемине келиўи шәрт:

 

– оқыў процеси басланыўынан алдын – LMS платформасынан дизимнен өтиў ушын;

– ҳәр семестр жуўмағында – жуўмақлаўшы қадағалаўдан өтиў ушын.

 

Сондай-ақ, жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы, питкериў қәнигелик ҳәм магистрлик жумысы қорғаўы тиккелей жоқары билимлендириў шөлкеминде дәстүрий тәризде әмелге асырылады, оларды синхрон ямаса асинхрон режиминде қабыллаўға жол қойылмайды.

 

Аралықтан оқытыў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2022-2023-оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында аралықтан оқытыў бағдарлары әмелиятқа енгизилди. Бул ҳаққында келеси материалларымызда толықлаў мағлыўмат беремиз.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан