Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.10.2022 21:00
  • 749

Журналист ҳәм блогерлер ушын тренинг болып өтти

 

   2022-жылдың 4-5-октябрь күнлери Нөкис қаласында БМШ Раўажланыў бағдарламасы Өзбекстан журналистлерин қайта таярлаў орайы менен биргеликте  «Өзбекстанда энергия үнемлеўши аўыл үй-жайлары қурылысын раўажландырыўға көмеклесиў» қоспа проекти тийкарында журналистлер ҳәм блогерлер ушын «Гендер ҳәм имаратлардың нәтийжелилиги – жасыл экономикалық раўажланыўдын тийкары» темасында тренинг шөлкемлестирилди.

   Тренинг 2 күн даўам етип, онда Қарақалпақстан ҳәм Хорезм аймақларынан журналист-блогерлер қатнасты. Тренингде электр-энергия, қурылыс, журналистика бағдарындағы жаңаланыўлар ҳаққында сораў-жуўаплар орын алды. Соның менен бирге, тәжирийбели қәнигелер тәрепинен ҳәр бир тараўға байланыслы аймақлық ҳәм дүнья жүзилик презентациялар, анализлер, интеллектуал ойынлар ҳәм қызықлы викториналар шөлкемлестирилди.

   Тренингниң екинши күнинде Әмиўдәрья районындағы «Гүлзар» МПЖ да энергия үнемлеўши технологиялар тийкарында қурылған көп қабатлы үйлер менен танысыў мақсетинде медиатур шөлкемлестирилди.

 

 

 

 

 

 

 

Бийбижамал Реймбаева,

Шахноза-Бану Абдуллаева,

ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курс студентлери

 

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал