Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.10.2022 14:00
  • 699

Ижарада жасайтуғын 1-курс студентлери ушын әжайып жаңалық!

 

Быйылғы жылы 1-курста оқып атырған, ижарада жасайтуғын студентлерге, бурынғысынан өзгеше тәризде, сентябрь ҳәм октябрь айлары ушын ижара төлеминиң 50 проценти – Ташкент қаласында базалық есаплаў муғдарының 1 есесине шекем (ҳәзирги ўақытта 300 мың сум), басқа аймақларда болса базалық есаплаў муғдарының 0,5 есесине шекем (ҳәзирги ўақытта 150 мың сум) ҳеш қандай ижара шәртнамасы талап етилместен төлеп бериледи. Ижара шәртнамасын усынған студентлерге ноябрь айынан төлемлер даўам еттириледи. Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Саъдуллаев өз каналында мәлим етти.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-сентябрьдеги «Ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған студентлер тәрепинен төленетуғын ижара төлемлерин қаплап бериў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-жыл 1-майдан баслап жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм өзине, соның ишинде, ата-анасына (нызамлы ўәкиллерине) тийисли болмаған жайда ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети есабынан қаплап берилиўи белгиленген.

 

Усы имканияттан пайдаланыў ушын ижарада жасайтуғын студентлер өзи оқып атырған факультет деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары ямаса жоқары оқыў орнының студентлерди турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын муўапықластырыў бөлимине мүрәжат етиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал