Telegram karinform

Сиясат

  • 18.10.2022 14:00
  • 1099

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды

 

Усы жылдың 18-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.

 

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

 

Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў мәселеси көрип шығылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 81-статьясы 4-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына 18-санлы «Жанбасқала» сайлаў округинен депутат Сапарбаев Рустам Турсынбаевичтиң кандидатурасы усыныс етилди ҳәм оның өмирбаяны менен таныстырылды.

 

 

Рустам Турсынбаевич 1982-жылы Қоңырат районында туўылған. Мағлыўматы жоқары, қәнигелиги – юрист, сиясаттаныўшы. 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, 2008-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм келешекти белгилеў жоқары Мектебин тамамлаған.

 

Рустам Турсынбаевич 2021-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келген.

 

Усынылған талабанның кандидатурасын депутатлар көрип шықты ҳәм қоллап-қуўатлады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 4-бәнтине муўапық Сапарбаев Рустам Турсынбаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды.

 

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал