Telegram karinform

Экономика

  • 18.11.2022 16:00
  • 1200

Қарақалпақстанда жүзим экспортынан қанша дәрамат алыўға болады? Экспорт штабы мағлыўмат берди

 

Усы жылдың январь-ноябрь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 мың 18 тоннадан аслам жүзим экспорты әмелге асырылды ҳәм экспортёрлар буннан 1 миллион 200 мың АҚШ долларына шамалас дәрамат алды. Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы Экспорт штабы мағлыўмат берди.

 

Мәлим болыўынша, 2022-жылдың январь-май айларында 1 килограмм жүзимниң экспорт баҳасы орташа 0,5 долларды, июнь-июль айларында орташа 1,8 долларды, ал август-ноябрь айларында болса орташа 1,2 долларды қураған.

 

Демек, буннан көринип турғанындай, жаз айларында жүзимниң ҳәр килограмының баҳасы 2 долларға шекем көтерилиўи мүмкин.

 

Республикамыздың Нөкис районы мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириў бойынша алдынғы орынларды ийелейди. Бир ғана усы районның өзинен 15-ноябрь күни 700 тонна жүзим Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине экспорт етилип, нәтийжеде 607,3 мың АҚШ доллары муғдарында дәрамат алынды. Яғный, бунда жүзимниң ҳәр бир килограмы 0,7 доллар әтирапында экспортқа шығарылған. Елимиздеги дийқан базарларында жүзимниң усақлап сатыў баҳасы 1 килограмм ушын 0,3 долларды қурайтуғынлығын есапқа алсақ, республикамызда жүзим жетистириўшилер өнимди экспортқа шығарыў арқалы жақсы дәраматқа ийе болыўы мүмкин екенлигин аңлаў қыйын емес.

 

Экспорт штабының қосымша етиўинше, экспортёр кәрханалар қатарына қосылыў арқалы төмендегидей жеңилликлерге ийе болыў имканияты бар:

 

- Экспорт географиясына қарай транспорт қәрежетлериниң 70 процентине шекемги бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи;

- Қосымша қун салығы экспортёрға қайтарып бериледи.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, экспортёрлар ушын берилип атырған бундай имканиятлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында әмелге асырылмақта.

 

Қосымша мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Экспорт штабының +99861 222 77 71 телефон номери ямаса Телеграм тармағындағы https://t.me/export_of_rk каналы арқалы алыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...