Telegram karinform

Мәденият

  • 02.12.2022 21:00
  • 1525

Белгили художник Базарбай Серекеев үй музейиниӊ ашылыў салтанаты болып өтти (+фоторепортаж)

 

 

Бүгин, усы жылдың 2-декабрь сәнесинде Нөкис қаласы Ақ көл көшесинде Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, Халықлар дослығы ордени ийеси, белгили художник Базарбай Серекеевтиң үй музейиниӊ ашылыў мәресими болып өтти.

 

 

 

Ашылыў мәресимине художниктиң шаңарақ ағзалары, жақынлары, мәденият хызметкерлери, көркем-өнер ықласбентлери, сондай-ақ, ҒХҚ ўәкиллери қатнасты. Художниктиң үй музейи ата жолын даўам етип атырған перзенти Бахтияр Серекеев, сондай-ақ оның жақынлары тәрепинен шөлкемлестирилген.

Илажда миллий фольклор атқарыўшыларының концерт бағдарламасы өткерилди. Үй музейинде художниктиң фотосүўретлери, дөретпелери, оның пайдаланған ҳәр қыйлы әсбап-үскенелери, жетискенликлерин көрсетип турыўшы медаль ҳәм орденлери өзгеше усыл менен безетилип жайластырылған.

Илаж даўамында мийманлар Базарбай Серекеевтиң салған сүўретлеринен, оның дөретпелеринен айрықша заўық алды.

 

Мағлыўмат ушын, 2022-жылдың 17-май күни пайтахтымыздағы Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайында Б.Серекеевтиң дөретпелеринен ибарат 80 жыллық юбилейине бағышланып оның шаңарақ ағзалары тәрепинен усынылған «Гедо» (грекше (Hedo) – заўық алыў, рәҳәтлениў, турмыстан мәни табыў) атамасындағы жеке көргизбеси, 22-ноябрь күни болса И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем-өнер музейинде «Илҳам булақлары» атамасындағы көргизбеси шөлкемлестирилген еди.

 

Бүгинги үй музейиниң ашылыў салтанаты менен қутлықлап, Karinform.uz сайты редакциясы жәмәәти Базарбай Серекеевтиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар Қарақалпақ тилиндеги википедияға жайғастырылғанлығын хабарлаймыз

 

Төменде ашылыў салтанатынан алынған фотосүўретлер менен танысыўыңыз мүмкин. 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Шахноза-Бану Абдуллаева,

Фотосүўретлар авторы: Мехрибану Даулетмуратова

#KarinformWiki

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген