Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.01.2023 10:00
  • 789

Қазақстанда «Қазақ ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы-паремиологиялық сөзлиги» баспадан шықты

 

Қазақстан Республикасының Астана қаласында қарақалпақ ҳәм қазақ тилши илимпазлары авторлығындағы «Қазақ ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы-паремиологиялық сөзлиги» китабы баспадан шықты. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.

 

Сөзликте қарақалпақ ҳәм қазақ тиллериндеги нақыл-мақаллар салыстырылып, олардың мәнилерине түсиник берилген. Соның менен бирге, ҳәр бир нақыл-мақаллардың изинде олардың рус ҳәм инглис тиллериндеги мәнилери де келтирилген.

 

Сөзликти дүзиўге қарақалпақ илимпазларынан филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Н.Абдиназимов ҳәм оның шәкирти PhD Г.Алламбергеновалар қатнасты.

 

Қазақстан пайтахтындағы «Булатов А.Ш» баспасында жарық көрген бул сөзликтиң редакторы белгили қазақ тилши илимпазы, филология илимлериниң докторы М.Ескеева болып, көлеми 732 бет, 52,4 баспа табақты қурайды.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы