Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2023 15:00
  • 725

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

 

Кегейли районында «Cobalt» ҳәм «Nexia-2» автомобильлери қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Газета.uz» басылымы Ишки ислер министрлигине тийкарланып хабар берди.

 

Мәлим болыўынша, 4Р-176 Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 22-23-километрлери аралығында «Cobalt» автомашинасы жолдың қарама-қарсы тәрепине өтип кетип, «Nexia-2» менен соқлығысқан.

 

Ўақыя ақыбетинде «Nexia-2»ниң басқарыўшысы жарақат алып, қайтыс болған. «Nexia-2» жолаўшысы ҳәм «Cobalt» автомобилиниң басқарыўшысы емлеўханаға жатқарылған.

 

Жүз берген жағдай бойынша Кегейли районлық ИИБ Тергеў бөлимшеси тәрепинен тексериў өткерилмекте.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған