Telegram karinform

Ҳуқық

  • 10.12.2024 09:40
  • 267

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”

 

Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги төлемлерди яки хызметкерге төлениўи лазым болған басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда, оларды төлеў мүддетинен кейинги күннен баслап есап-китап қылынған күнди өз ишине алған мүддетке шекем ҳәрбир кешиктирилген күн ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң сол ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер (пуллы компенсация) менен бирге төлеўи  шәрт.

Хызметкерге төлениўи лазым болған пуллы компенсацияның муғдары Өзбекстан Республикасы Орайлық банки қайта қаржыландырыў ставкасының он проценти муғдарында белгиленеди. (Топар шәртнамасы, ишки ҳүжжет яки мийнет шәртнамасы менен бул муғдар 10 проценттен көбейтилиўи де мүмкин).

Бул пуллы компенсацияны төлеў мәжбүрияты жумыс бериўшиниң айлық ис ҳақысын яки хызметкерге төлениўи лазым болған басқа төлемлерди төлеўдиң кешиктирилиўинде айыбы бар-жоқлығына қарамастан жүзеге келеди яғный, айлықлар яки басқа төлемлер кеш төлениўи жумыс бериўшиниң айыбы менен болмаған жағдайда да ол жуўапкер болады.

 

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған