Telegram karinform

Ҳуқық

  • 09.12.2024 08:00
  • 234

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

 

Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге асырылады:

1) Социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар ушын – бәнтлигин тәмийинлеў, зәрүр болғанда бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

2) Исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде болған жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ушын – исбилерментликти жолға қойыўға көмеклесиў;

3) Бағыўшысы болмаған жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ушын – бир мәртелик материаллық жәрдем бериў, зәрүр жағдайларда аўыр турмыс шәраятындағы (үй-жайы ремонтлаўға мүтәж, бирақ шаңарағының имканыяты жетпейтуғын) ҳаял-қызлардың үй-жайын ремонтлаў;

4) Социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар нәгиранлығы болған, сондай-ақ, тез медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ушын - бир мәртелик материяллық жәрдем бериў, зәрүр жағдайларда үй-жайын  ремонтлаў ҳәм оларға медициналық жәрдем көрсетиў;

5) Үй-жайға мүтәж ҳаял-қызлар ушын – ижара компенсациясын төлеў, социаллық үйлерге жайластырыў, үй-жай менен тәмийинлеў, керек болған жағдайда бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

6) Қарамағында нәгиранлығы болған перзенти бар жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ушын - бир мәртелик материаллық жәрдем бериў, зәрүр болған жағдайда қыйтақ жерден ҳәм дийқаншылықтан  дәрамат дереги сыпатында пайдаланыў ушын  көмеклесиў.

 

 

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...