Telegram karinform

Технология

  • 06.12.2024 11:00
  • 416

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

 

Жылдың ең әхмийетли ойлап табылыўлары қатарынан кирпикти өсиретуғын технология, еки марте бүкленетуғын Huawei смартфоны, «Онлайн-неке» қосымшасы да орын алған.                                                                                                                                                                         

 

Time журналы 2024-жылдың ең жақсы 200 инновациясының атын мәлим етти. Ойлап табылыўлар дизими журнал сайтында дағазаланып, олардың арасында хожалық электроникасы, робототехника, мобиль гаджетлер ҳәм медицинадағы ойлап табылыўлар да бар.     

Дизимниң тутыныўшылар электроникасы бөлиминен Huawei Mate XT – үш секциялы конструкцияға ийе дүньядағы биринши сериялы смартфон да орын алған. Смартфонның аўырлғы 238 граммды қурайды, толық ашылған ўақытта гаджет корпусының қалыңлығы – 3,6 миллиметр, жыйналғанда – 12,8 миллиметр. Еки жеринен бүкленетуғын смартфонды экраны 10, 2, 7, 9 ҳәм 6,4 дюмлы қурылма сыпатында пайдаланыўға болады.

 

 

«Гѳззаллық» бөлимине кирпиклерди өсиретуғын Luum Precision Lash технологиясы да киргизилген. Адамлар ушын қәўипсиз деп аталып атырған бул технология шеңберинде робот 1,5 саат ишинде кирпиклерди өсиреди (бул қолда исленгенинен тезирек).

Имкәнияты шекленген шахслар ушын мөлшерленген қурылмалардың арасынан AirPods Pro 2 наушниклери орын алған. Олардан қулақ аппараты сыпатында да пайдаланыў мүмкин.

 

 

Дәстүрий тәмийнат ҳәм қосымшалардың ишинде жаңалықларда Украина мәмлекетлик хызметлери усыныс еткен «Дия» да бар. Бул қосымшаның «Онлайн-неке» хызмети арқалы некеден өтиў мүмкин – видеобайланыс арқалы ПҲАЖ (Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў) хызметкери қатнасады, ҳүжжетлер арнаўлы имза арқалы тастыйықланады.

«Үйдеги саламатлық» бәнтине киргизилен жаңалықлардың арасында Америка тутыныў товарлары ҳәм медицина қуралларының сапасын бақлаў басқармасы тәрепинен тастыйықланған гриппке қарсы мурынға сеўилетуғын вакцина да бар.

Басқа ойлап табылыўлар қатарынан Arc'teryx and Skip MO/GO экзоскелети, E-Ink-экранға ийе Rakuten Kobo Libra Colour реңли китабы, безгекке қарсы R21/Matrix-M вакцинасы, Medical Microinstruments Symani Surgical System робот-хиррургы ҳәм басқа бир қатар инновациялар орын алған.

 

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...