Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.12.2024 11:03
  • 169

Телеграм жаңаланды: енди бирге ислесиў бағдарламаларын иске түсириў мүмкин


Телеграм мессенжрлери 4-декабрь күни  Android ҳәм iOS ушын 11.5 версиясына шекем жаңаланды. Енди пайдаланыўшылар коллаж-сторислер жаратыўы, жасалма интеллект жәрдеминде рәсмий стикерлерди излеўи мүмкин. Тѳменде жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўмат берилген:                      

 

Stories коллажлар 
Енди пайдаланыўшылар бир Stories ишинде 6 сүўрет яки видео топлаўы, сондай-ақ, оларды тәртипке салыў ушын түрли вариантларды таңлаўы мүмкин. Сайланған бѳлеклерди кѳшириў, алмастырыў ҳәм ѳшириў имканыяты да бар.    

 

Жасалма интеллект жәрдеминде рәсмий стикер излеў 
Стикерлер панели қурамалы бир неше гилт сѳзли излеўлерди қоллап-қуўатлайды. Излеў тек Telegram командасының барлық рәсмий топламлары арасында әмелге асырылады. Бийгана стикерлер қоллап-қуўатланбайды.

 

Медиа файлларындағы жазыўлар         
Медиа файллары редакторланыўында жаңа «Имзаны жоқарыға кѳшириў» түймеси пайда болды. Бул пайдаланыўшыға бириктирилген сүўрет яки видеоға қарағанда тексттиң орнын ѳзгертиў имканын береди.

 

Шериклик жойбарлары Telegram’дағы барлық пайдаланыўшылар ҳәм каналлар енди мини-қосымшаларды ислеп шығыўшылардан шериклик бағдарламаларында жулдызларды алыўы мүмкин. Пайдаланыўшы сизиң мини-қосымшаңызға жѳнелтиретуғын линкке ѳтсе ҳәм Telegram жулдызлары жәрдеминде сатып алса, сиз пайдаланыўшы тәрепинен сарыпланған жулдызлардың мәлим бир проценти муғдарында сыйлық аласыз.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған