Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.12.2024 09:00
  • 189

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

 

Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги басқарма баслығы Илҳом Тўраев мәлим етти, деп хабар береди Дарё.уз.

 

Оның айтыўынша, усы жыл даўамында ўәлаятларда бир мәрте ҳәм пайтахтта еки мәрте тариф баҳалары артқан. Кейинги жылдан тариф баҳалары ўәлаятларда да еки мәртеге көбейеди. Себеби, төлемлерди мәмлекет тәрепинен қаплап бериўде жүдә үлкен субсидия бар. Субсидиядан қутылыў ҳәм системаны жаңалаў ушын биз баҳаларды қайта көрип шығыўымыз керек. Бунда тек баҳаларды емес, төлем системасын да көрип шығыўымыз керек. Төлем системалары бойынша Корея ҳәм қоңсы мәлекетлер тәжирийбесин үйренип шықтық. Көпшиликте «Мен үйде жасамасам, ыссылыққа төлеймен бе яки төлемеймен бе?» деген сораў пайда болады. Кореяда телефон абонент төлеми сыяқлы системадағы ҳәмме нәрсе төлем хызмет қосымшалары арқалы төленеди. Бирақ, үйдиң минимал ыссылығын сақлап турыў ушын абонент төлеми алынады. Биз тариф сиясатын дурыс жүргизсек, сонда баҳалардың артыў яки артпаўы белгили болады, деди министрликтиң жуўапкер қәнигеси.

 

Оның қосымша етиўинше, 2025-жылда тарифлер еки мәрте – он бес проценттен артыўы мүмкин.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған