Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.01.2025 07:00
  • 292

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

 

Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер бес адамды пышақлады. Бул ҳаққында Qalampir.uz сораўына тийкарланып Бас прокуратура баспасөз хаткери Ҳаёт Шамсутдинов мәлим еткен.

 

 

Келтирилиўинше, министрликтиң Арнаўлы инженерлик қурылыс басқармасы 1-санлы инженерлик қурылыс батальоны 2-отряд 5-топар әпиўайы әскери Ж.Н.ны урып, көшеге шығып кеткен. Саат 03:30 да Нөкис қаласының Даналар көшесинде жайласқан 41-үйге кирип, үйдеги асхана пышағын ҳәм киши балтаны алған. Оннан соң үйде уйқылап жатырған сол шаңарақтың келинине тийискен. Оның даўсынан оянған өмирлик жолдасы З.К.ға болса пышақ пенен дене жарақатын жеткерген. Соң З.К.ның әкеси Д.А., оның және бир ағайини Р.А.ға киши балта менен тасланып, оларға түрли дәрежеде дене жарақатын жеткерген. Буннан тысқары, Г.М. жынайый ҳәрекетлерди даўам еттирип, саат шама менен 04:00 де Нөкис қаласы Айбүйир көшесинде жайласқан 18-үйде жасайтуғын А.С. үйиниң есигин жаўып атырған ўақытта оған да киши балта менен тасланып, ўақыя орнынан қашып кеткен. А.С. болса баласы С.А.ны шақырып, бийтаныс бир адам жарақатлағанлығын айтқан. С.А. сол адамды табыў ушын машинасында көшеге шыққанында Г.М. оны да жарақатлаған. 

 

Жәбирлениўшилердиң 1еўи қайтыс болған, 4еўине емлеўханада зәрүр медициналық жәрдем көрсетилмекте. 

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 97-статьясы 1-бөлеги ҳәм 25, 97-статьясы 2-бөлеги «а, л» бәнтлери менен жынаят иси қозғатылған. Гүманланыўшы шахс (2005-жылда Ташкент қаласында туўылған Г.М.) процессуал тәртипте усланған. Ҳәзир Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити