Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2025 11:08
  • 254

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

 

Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға автобус қатнаўларын шөлкемлестириўде бирге ислесиўге шақырды, деп хабар береди Kun.uz.

Келтирип өтилиўинше, халықаралық тасыўларда автобус қатнаўларының үлесин арттырыў, жолаўшы тасыў хызметин және де раўажландырыў мақсетинде республиканың түрли аймақларынан төмендеги халықаралық жөнелислерде автобус қатнаўларын жолға қойыў режелестирилмекте:

 

Қазақстанға
Бухара – Түркстан;
Үргениш – Ақтаў;
Ферғана – Алмаата (Тәжикстан арқалы).

 

Қыргызыстанға 
Әндижан – Ош;
Әндижан – Жалалабад;
Әндижан – Арысланбаб;
Косонсай – Жалалабад;
Бухара – Бишкек.

 

Россияға
Сурхандәрья – Бухара – Үргениш – Нөкис – Москва;
Үргенш – Нөкис – Уфа;
Нөкис – Краснодар;
Ташкент – Уфа;
Ташкент – Краснодар.

 

Қытай Халық Республикасына
Нөкис – Үргенш – Бухара – Урумши.

«Турақлы халықаралық жөнелислерде автобус тасыўларын әмелге асырыўди қәлейтуғын тасыўшылар тәрепинен жоқарыда көрсетилген жөнелислерде паритет қатнаўларын әмелге асырыўды қәлеўши сырт ел тасыўшыларын тартқан ҳалда Транспорт министрлигине мүрәжат етиўиңиз мүмкин» – делинеди хабарда.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.