Telegram karinform

Сиясат

  • 15.03.2025 13:17
  • 214

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

 

Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге бола, тәлим грантына талабанлардан быйылғы оқыў жылында өзлестириў көрсеткиши бойынша GPA көрсеткиши 3,5 ҳәм оннан жоқары болыўы талап етиледи. Өзлестириўи усы көрсеткиштен төмен болған студентлердиң тәлим грантын дифференцияластырылған тәризде қайта бөлистириўде қатнасыўына руқсат етилмейди ҳәм тәлим гранты орны бос қалады.

Тәлим грантына талабанлар ушын жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайтында онлайн дизимнен өтиў ҳәм ерискен жетискенликлерин тийкарлайтуғын ҳүжжетлерди жүклеў имканияты жаратылады.
Тәлим грантына талабанлардың өзлестириў көрсеткишлери сәйкес түрде 80 баллық өлшемде баҳаланады, бунда GPA көрсеткишин «16» санына көбейтиў арқалы анықланады.

Грантқа талабанлардың жәмийетлик белсендилик көрсеткиши 20 баллық өлшемде баҳаланады, бунда баҳалаў өлшемине тийкарланып есапланған нәтийжени «5» санына бөлиў арқалы анықланады.

Белгиленген тәлим гранты орынлары шеңберинде таңлаў шегарасында бирдей нәтийже көрсеткен талабанлардың академиялық өзлестириў көрсеткишине үстемлик бериледи. Егер өзлестириў көрсеткишинде де бирдей нәтийже анықланған жағдайда усы талапкерлер ушын өзлестирилген семестрлерде өтилген қәнигелик пәнлеринен тест сынақлары өткериледи.

Жоқары билимлендириў шөлкеми кеңесиниң қарарына тийкарланып тәлим грантын алатуғын студентлердиң дизими ҳәр жылы 25-августқа шекем жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.