Telegram karinform

Сиясат

  • 04.04.2025 22:54
  • 296

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

 

 

АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио коньсуллық хызметкерлерине АҚШ ҳәм Израилды сынға алыўда гүманланғанлардың социаллық тармақларын терең тексериўди буйырған. Айрықша қадағалаўға алынатуғын виза түрлери F, M ҳәм J (студентлер, кәсиплик билимлендириў ҳәм мийманға барыў ушын визалар) болып есапланады.

 

Төмендеги шахслардың социаллық тармақлардағы постлары пуқта тексериледи:

 

  • Террористлер менен байланысы бар ямаса оларға тилеклеслик көрсетиўде гүман етилип атырғанлар;
  • 2023-жыл 7-октябрьден (ҲАМАС Израилға ҳүжим қылған ҳәм Ғазадағы урыс басланған сәне) 2024-жыл 31-августқа шекем АҚШтың студент ямаса алмасыў бағдарламасы визасына ийе болғанлар;
  • Визасы 2024-жыл октябрь айынан кейин бийкар етилгенлер.

 

Белгиленген сәнелер соны аңлатады, тийкарғы мақсетлердиң бири – урыс даўамында палестиналыларға тилеклеслик билдирген студентлердиң арзаларын бийкарлаў. Сондай-ақ, егер арза бериўшиниң ис-ҳәрекети ямаса мүнәсибети АҚШ пуқараларына ямаса мәдениятына қарсы болса, оған виза берилиўи бийкар етилиўи мүмкин.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...