Telegram karinform

Сиясат

  • 07.04.2025 16:12
  • 296

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

 

2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити өткерилди. Саммит тек ғана Аралбойы регионы ушын емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын үлкен әҳмийетке ийе болды.

 

Бул жаңа баслама – Арал теңизи кризиси ҳәм глобал климат машқалаларына мәдений, социаллық ҳәм илимий шешимлерди излеўге қаратылған. Саммит жетекши сиясатшылар, мәденият ғайраткерлери, художниклер ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы экспертлерди бир жерге жыйнады. Оның тийкарғы мақсети – турақлы раўажланыў идеясын алға қойыў ҳәм глобал машқалаларға көркем өнер арқалы шешим табыў.

 

 

 

 

Саммит, сондай-ақ, Самарқанд қаласындағы биринши Глобал климат форумының мақсетлерин қоллап-қуўатлайды. Онда түрли темаларда – климат өзгериўи, мәдений мийрас, архитектура ҳәм дизайн бойынша бир қатар баянатлар өткерилди.

 

Биринши мәрте ашық аспан астындағы концерт

 

 

 

Саммит шеңберинде Қарақалпақстанда биринши мәрте ашық аспан астында – open air форматында – мәдений илаж шөлкемлестирилди. Әййемги Шылпық қаласы астында өткерилген концерт Қарақалпақстан тарийхында жаңа бет ашты. Пианист Кирилл Рихтер Миллий симфониялық оркестр жәмәәтинде өз шеберлигин көрсетти.

 

«The Sands of Time» («Ўақыт қумлары») атамасындағы бул симфониялық концерт – Шығыстың уллы шайырлары Бабур, Наўайы, Омар Ҳайям ҳәм Нодирабегим дөретиўшилигинен алынған илҳамның кѳриниси. Симфония, Шығыс поезиясы ҳәм халықлық ырғақлардың үнлеслиги – Нөкис ҳәм жәҳән музыка сахнасы арасындағы мәдений көпирге айланды, дейди Саида Мирзиёева.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған