Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал шыпакер ҳәм 4 мийирбийке жумыс алып барады. Олар күнине 3 000 наўқасқа диагноз қойыўы, емлеў ҳәм қадағалаўға алыўы мүмкин. Бул система бир неше күнде 10 мың жағдайды көрип шығады – бул әпиўайы шыпакерлер ушын еки жыллық жумыс көлеми есапланады.
Виртуал шыпакерлер АҚШтың медициналық лицензия имтиханынан 93% анықлық пенен табыслы өткен. Олар бирнеше бағдарда хызмет көрсетеди, алдынғы AI системаларынан парық қылады. Сондай-ақ, бул емлеўхана медицина студентлери ушын қәўипсиз ҳәм интерактив оқыў орталығын жаратады. Ҳәзирше кең жәмийетшиликке усынылмаған болса да, бул жойбар үлкен технологиялық жетискенлик сыпатында баҳаланбақта.