Telegram karinform

Сиясат

  • 15.05.2025 11:11
  • 152

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

 

 

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай жумыс баслады.

 

Call-орайға 1520 қысқа номери арқалы қоңыраў етиў мүмкин. Атап айтқанда, төмендеги мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи:

 

  •  Өзбекстанның конституциялық дүзими, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине болған ҳүжимлер ҳаққында;
  •  Мәмлекетлик шегараның қорғалыўы ҳәм қорғалыўына болатуғын қәўиплер;
  •  Қураллы Күшлер ҳәм қорғаныў-санаат комплексинде мәмлекет қәўипсизлигине болатуғын қәўиплер;
  •  Терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынайый топарларға тийисли;
  •  Қурал-жарақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына байланыслы жынаятлар ҳаққында;
  •  Мәмлекет мәплерине қәўип туўдыратуғын коррупция ҳәм экономикалық жынаятлар бойынша;
  •  Миллий, этникалық ҳәм диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаў;
  •  Мәмлекет мәплери ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын ҳуқықбузарлықлардың ислениўине байланыслы басқа да мағлыўматлар.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.