Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.12.2017 18:37
  • 1956

Буған не дейсиз: Италияда улыўма меҳрийбанлық үйи жоқ



Италияда 2006-жылы барлық меҳрийбанлық үйлери жабылған. Бирақ, бул мағлыўмат мәмлекетте жетим балалар улыўма жоқ дегенди билдирмейди. «Каза-фамилья» атлы шөлкем ата-анасынан айрылған балалар тәрбиясы менен шуғылланады. Бул жерде тек ғана ержетпеген балалар емес, 18 жастан өткен өспиримлер де жасайды. Бирақ, бул шөлкемде балалар саны 12 ден көп болмаўы керек екен.
Италияда туўылыўшылық бираз төмен. Мәмлекеттеги ҳәр бир шаңарақта 1-2 баладан бар. 3 балалы шаңарақларды ушыратыў қыйын. Бул мәмлекетте ата-аналардың бала сақлап алыўы 5 жылға шекем созылады. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, италиялы аналардың 34-40% и биринши перзентин 35 жастан өткеннен кейин дүньяға келтиреди екен. 20-25 жаслы италиялы ҳаял-қызлардың көшелерде балаларын ойнатып жүргенин көриў – дерлик ушыраспайтуғын ҳәдийсе есапланады.
Италиялылар үйлениў тойына үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасайды. Сол себепли, бул салтанаттың жоқары дәрежеде өтиўи ушын материаллық жағдайын жақсылап, той күнине жақсылап таярланады.
Италиялы өспиримлер Европадағы артық салмаққа ийе адамлардың қатарында бириншиликти ийелеп тур. Кола, газленген лимонадлар, пицца, фри, паста, фаст-фуд өнимлеринен көп пайдаланғаны ушын балаларының көпшилиги семиз.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў