Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.12.2017 18:08
  • 2249

Илимпазлар адамлардың не ушын сырлы ҳәдийселерге өш болатуғынлығын анықлады



Психологлардың изертлеўлерине қарағанда, адамлардың елеслерди көриўи ямаса сырлы ҳәдийселерге дус келиўи бас мийдиң зақымланыўынан келип шығады, деп хабар береди BBC.
Өзгеше, сырлы ўақыя-ҳәдийселер адамларды не ушын өзине қызықтырып турады? Америкалылардың кем дегенде 75% и сырлы қубылысларға исенетуғыны мәлим болды. Олардың арасында ҳәр бир бесинши адам елеслерди өз көзи менен көретуғынлығын айтқан.
Усындай адамлардың арасында белгили адамлар да бар. Өз ўақтында Уинстон Черчилль, Артур Конан Дойл, Алан Тьюринг елеслерди көргенин ямаса олар менен байланыста болғанын көпшиликке жәриялаған. Мәселен, Уллы Британияның премьер-министри болған Уинстон Черчилль Ақ үйге рәсмий сапарларының биринде АҚШ президенти Авраам Линкольнниң елесин көргенлигин билдирген. Черчилль президент пенен сәлемлесип, оған жуўап сыпатында Линкольн мыйық тартып, кейин жоқ болып кеткенлиги ҳаққында сол ўақытлары белгили ҒХҚлар жазған еди.
Психологлар адамның усындай сырлы ҳәдийселерди көриўи бас мийдиң зақымланыўы менен байланыслы деген шешимге келди. Олардың түсиндириўинше, көплеген «елеслер» - реңлердиң тынықлығының төмен болыўы, организмниң қатты зорығыўы ямаса дәрилик затларды қолланыў нәтийжесинде пайда болатуғын визуал иллюзия болып табылады.
Адамның бас мийи тийкарынан жоқ болған белгили бир үлгилерди, көринислерди излеўге ҳәрекет етеди. Сондай-ақ, сырлы дүньяларға исенетуғын адамлар сүўретлердеги жасырын келбетлер, денелер ҳәм өзгеше реңлерди табыўға және де олардың ҳақыйқатлығына исениўге бейим болады.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған