Telegram karinform

Сиясат

  • 27.12.2017 12:54
  • 2478

Қырғызстанлы студент мәмлекет премьер-министрин Өзбекистан президентинен үлги алыўға шақырды



Қырғызстандағы Жалал-Абад мәмлекетлик университетиниң студенти премьер-министр Сапар Исаковты Өзбекистан президенти Шавкат Мирзиёевтай болып жумыс ислеўге шақырды. Бул ҳаққында Baq басылымы хабар бермекте.
Бул шақырық 26-декабрь күни Қырғызстан ҳүкимет басшысының Жалал-Абад университети студентлери менен ушырасыўы ўақтында билдирилген.
Атап айтқанда, студент қоңсылас мәмлекеттиң елбасшысы жыйналыс ўақтында ўазыйпасын дурыс атқара алмаған бирнеше министрди жумыстан босатқанын мысал еткен. Оның билдириўинше, қырғыз басшылығы да усындай шешимлерди ислеўи тийис.
Премьер-министр Сапар Исаков ҳүкимет ағзаларына жабық есик жағдайында қатаң талап қоятуғынлығын, зәрүр болғанда басшыларды жумыстан босататуғынлығын атап өткен. Бирақ, ол бундай мәселени көпшиликтиң көз алдында шешиўдиң шәрт емес екенлигин билдирген.
Мағлыўмат ушын, Өзбекистан президенти Шавкат Мирзиёевтың қатаң сынға алыўынан кейин қаржы министрлигинде көп жумысшылар жумыстан босатылды. Жыйналыстан бир күн өткеннен соң министрликте 50 хызметкер жумыстан босатылған.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет