Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2018 14:08
  • 2029

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Дүнья жүзинде ең қымбат ийтлердиң породалары, оларға байланыслы мағлыўматлар ҳәм баҳалары менен танысың
15. Бульмастиф

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Ийттиң бул породасы шама менен жүз жыллар алдын анықланған.
Олардың салмағы 60 килограммға шекем жетиўи мүмкин. Дүнья жүзинде оның орташа баҳасы 1000 долларды қурайды.

14. Қытайдың кекилли ийти

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Жүни жоқ бул ийттиң баҳасы да орташа 1000 долларды қурайды.

13. Шарпей

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Бул порода Қытайда анықланған.
Көп ғана жыйрықлары, ғамлы көзлери болғаны менен, бул ийт жүдә ойыншыл.

12. Акита Ину (Япониялы ямаса америкалы акита)

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Жүдә ақыллы, исенимли ийттиң породасы. Бундай ийт хожейинине ҳақыйқый дос бола алады. Оның орташа баҳасы 1-1,5 мың долларды қурайды.

11. Фараон ийт

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Ең ески породалардан бири бүгинги күнде кем ушырасады. Қәдди тик, узын ҳәм басын тик тутыўшы фараон ийти. Оның баҳасы шама менен 2 мың евроны қурайды екен.

10. Жек рассел терьер

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Ийттиң бул породасы Жек Рассел тәрепинен анықланған. Жүниниң реңи еки түрли болып, оның баҳасы 1500 доллар.

9. Ротвейлер

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Бул породадағы ийтлер де хожейинине жүдә садық болады. Оның дүнья жүзиндеги орташа баҳасы 1,5-2 мың доллар.

8. Чунцин

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Жүдә сийрек ушырасатуғын ийттиң бул породасы Қытайда анықланған. Оның характери жүдә әлпайым болып, баҳасы 2000 доллар.

7. Норфолк-терьер

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Бундай породалы ийттиң аң аўлаўға уқыбы бар. Оның дүнья жүзиндеги баҳасы жүдә қымбат болып, 2500 евроға шекем жетиўи мүмкин.

6. Кинг Чарльз Спаниель

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Жүдә кеўилли ҳәм жақсы дос. Англия патшаларының шаңарағындағы ийтлерден есапланады. Бул ийтлердиң тарийхы мыңлаған жылларға барып тақалады. Оның орташа баҳасы 2,5 мың доллар.

5. Йоркширли терьер

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Оның көзлери көпшиликтиң итибарын өзине дәрриў тартады. Оның баҳасы 2-3 мың долларды қурайды.

4. Англия бульдоги

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Ийттиң бул породасы XIII әсирде анықланған. Оның дүнья жүзиндеги орташа баҳасы 2500 евроны курайды.

3. Аргентиналы дог

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Жүдә сулыў деп тән алынған бул породадағы ийтлер күшли болады. Оның баҳасы 2500-3000 доллар.

2. Самоедли лайка

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Бул порода лайка менен шпицадан туўылады. Ақ жүнли бул ийт те жүдә әлпайым. Оның баҳасы болса, 6 мың евро.

1. Дүньядағы ең қымбатбаҳалы ийт тибет мастифи

Ең қымбат ийтлердиң баҳасын билесиз бе? (+фото)

Оның салмағы 50-60 килограммды қурайды. Ол жүдә жақсы қорғаўшы. Дүнья жүзиндеги баҳасы 3-4 мың доллар.


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў