Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.02.2018 10:37
  • 2299

Жалғыз перзент (Аңызлар тилге киргенде…)

Жалғыз перзент (Аңызлар тилге киргенде…)

Бир ананың жалғыз улы бар еди. Ол жалғыз перзентиниң бахты ушын күни-түни жолында пәйик болып, оның бир қабақ шытып муңаймаўы ушын оған қарсы даўысын көтерип сөйлемейтуғын еди. Нәсият берсе де, бир нәрсеге жумсаса да «Қарағым», «Шырағым» дегеннен басқа қатты сөзи жоқ еди. Ол, балам билим ийелеп қатарларынан алда болсын, ақыл топласын деген мақсет пенен бар тапқанын сатыстырып оған қәрежет қылып ғайры елатларға оқыўға жибереди. Баласы жети жыл оқып келеди. Анасы баяғысынша оның хызметинде пәйик болады, бар тапқанын ишкизиўге, жегизиўге, кийиндириўге тырысады. Бирақ, баласына оның ҳеш ҳәрекети унамайды. Анасы алдына тамақ қойған сайын, «Олай емес, булай» ямаса «булай емес, олай» деп жәнжел шығарады. Тигип берген кийимлерин жаратпай анасын ақыретлейди. Анасы бир нәрсе десе, муш көтеретуғын әдет шығарады.
Буған әри-бери шыдап баққан ана бир күни оны қасына отырғызып, нәсиятламақшы болған екен. «Мен сеннен емес, сен меннен нәсият тыңлаўың керек», - деп анасын түйип-түйип, үйинен шығып кетеди. Соннан ол аўылына жақын тоғайдың арасына кирип, бир түп тораңғылдың астына барып жатқан гезде, әллеқайдан жалғыз күшигин ертип киятырған дәўсебенди көзи шалады ҳәм иси еригип оның қылықларына тамашалап қарайды. Дәўсебен бир түп жыңғылдың тасасына иркилип, шақада қонып отырған аңқаў шымшықты қағып услап алады да, пәрлерин жулып-жулып күшигине береди. Өзи аш ана дәўсебен тек мурнын жалап күшигиниң тойғанына мәзи-майрам болып, қуяшламада жатады. Күшик дәўсебен тойып болған соң қуяшламада секирип ойнап аш анасын тислеп талаўға қарайды.
Жигиттиң күшик дәўсебенге қәҳәри келеди: «Гирттей шымшықты өзиниң тамағынан қыйып тойдырған анасын неге талайды, заңғар!», - деп оны урыўға түргелген гезде, қолына гүзе көтерген өз анасына көзи түседи. Ол жалғыз перзентиниң ашыў менен тамақ жемей шығып кетип, аш қалатуғынына жаны төзбей изинен тамақ алып киятыр екен. Баласы, оны енди түсинип, тез кеширим сораў ушын асығып алдына жуўырады. Анасы, баламнын ашыўы еле тарқамай және уражақ екен деп ойлап, изине қарап-қарап қашып баратырғанында, абайсыздан гөне қудыққа түсип кетип өледи…

Топлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,