Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.02.2018 13:17
  • 36338

Ҳиндстан: Мусылман ҳаялларға футбол көриў, салонға барыў қадаған етилди



Ҳиндстанның Уттар-Прадеш штатында мусылман ҳаялларға еркеклер футболын тамашалаў қадаған етилди, деп хабар бермекте Lenta.ru басылымы.
Қүдиретли диний ҳәм академиялық Дар уль-Улюм Деобанда атлы орайда хызмет ететуғын муфтилердиң бири Атар Касми ҳаялларға еркеклер арасындағы футболды тамашалаў қадаған етилгенин айтып өтти. Буның баслы себеби, футболшы еркеклердиң ойын даўамында ярым жалаңаш жүриўи деп көрсетилмекте. Муфтидиң айтыўынша, бул ислам дининде белгиленген постулатларға қайшы келеди. Соның менен бирге, ол ҳаялларына футбол тамашалаўға руқсат беретуғын еркеклерди сынға алды.
- Сизлерде ар, уят жоқ па? Ең болмаса қудайдан қорқсаңыз болар еди. Ҳаялларға футбол ойынларын көриўдиң не кереги бар? Ер адамлардың санына (аяғына) қарағаннан не пайда? Олар футбол ойыны былай қалып, еркеклердиң санына қарап отыратуғын болады, - деп айтып өткен Касми.
Мусылман ҳаялларының ҳуқықларын қорғайтуғын белсендилер бул сын пикирге:
- Сонда ҳаяллар теннисти де, жүзиў бойынша өткерилетуғын чемпионатларды да тамашалай алмай ма? Олардың еркеклер спортын тамашалағанында адамгершиликке жат болған қандай элемент бар? – деп өзлериниң наразылықларын билдирген.
Соның менен бирге, хабарда усы аймақта ҳаялларға гөззаллық салонларына барыў ҳәм денеге жабысып туратуғын кийимлерди кийиў қадаған етилгени хабарланды.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў