Telegram karinform

Сиясат

  • 09.02.2018 16:05
  • 2597

Өзбекистан ҳәм Қазақстан жоқары мағлыўматлы кадрлардың дипломларын тән алыў бойынша келисимге еристи



Өзбекистанның жоқары оқыў орынларының қәнигелери Қазақстанның билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўге тайын. Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Ином Мажидов Қазақстанның Өзбекистандағы айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси Ерик Өтембаев пенен болған ушырасыўында айтып өтти, деп хабар бермекте Baq басылымы.
Еки мәмлекет те нефть химиясы ҳәм аграр секторда жумыс ислейтуғын жоқары билимли маман кадрларды таярлаўға дыққат аўдармақта. Бул тийкарда, тек ғана жасларды оқытып қоймай, профессор-оқытыўшылар арасында байланыс ҳәм бирге ислесиўди күшейтиў нәзерде тутылған. Қазақстандағы жоқары оқыў орынлары базаларының биринде технопарк қурылады. Сондай-ақ, биргеликте дипломларды еки мәмлекет аймағында да әмел етилиў тәртиби жеңиллестириледи.
- Дипломларды тән алыўдың, ностратификациялаўдың стандарт илажлары бар. Бул мәселеде көп қыйыншылықлар болмайды. Қазақстан ҳәм Өзбекистан оқыў орынларында билим алып атырғанларды жумыс пенен тәмийинлеўде қыйыншылық болмайды, - деп айтып өткен Ином Мажидов.
Ҳәзирдиң өзинде шама менен 20 ға шамалас илимий мәкемелер бирге ислесиў бойынша келисимлер қабыл етти. Жақын аралықта еки мәмлекет жоқары оқыў орынларының информациялық орталығы ашылыўы режелестирилген.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған