Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.02.2018 16:27
  • 1846

БМШ Мадридтен балаларға өгизлер менен болатуғын коррида ойынларын көриўге тыйым салыўды сорады



БМШ комитети өгизлер айқасын көрип жүрген 18 жасқа шекемги болған балалардың психологиялық саламатлығы ҳәм қәўипсизлигинен тәшўиште, деп хабар бермекте Korrespondent.net басылымы.
БМШ комитети Испаниядан балаларға өгизлер айқасы ҳәм коррида мектебине барыўға тыйым салыўды усыныс етти. Шөлкем балаларды қәўипли жағдайлардан сақлаўды мақсет еткен.
- Өгизлер айқасының балаларға зыяны тиймеўи ушын комитет 18 жасқа толмаған балаларға коррида тамашаларын көриўге тыйым салыўды сорайды, - делинген комитеттиң хабарнамасында.
Соның менен бирге, комитет Испанияның 55 мектебинде болған бүлгиншилик ҳәрекетлеринен тәшўиште екенлигин билдирген. Испания делегациясы өз гезегинде экспертлерге корриданы өткериў тәртибин Испанияның автономиялық аймақлар бийлиги тәртипке салып отыратуғынлығын айтып өткен.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги күнде Испанияда 14 жастан өткен балалар коррида мектеплеринде сабақ алыўға ҳақылы. Сондай-ақ, ҳәр коррида мектебиниң өзинше тәртиби ҳәм қағыйдалары бар.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған