Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.02.2018 17:41
  • 2212

Karinform.uz сайтында жәрияланған мақала бир журналистти «оятты»

Karinform.uz сайтында жәрияланған мақала бир журналистти «оятты»

Хабарыңыз бар, Karinform.uz сайтында «ПОРТАЛ керек пе ямаса ЖУРНАЛИСТ? ямаса журналистиканың төртинши ҳәкимият сыпатындағы орны қайда қалды?» атамасындағы мақала жәрияланған еди. Бул мақаламыз сайттың Фейсбук социаллық тармағындағы группасында көплеген «Like»ларды жыйнады ҳәм пайдаланыўшылар тәрепинен көплеген комментарийлер жазылды. Биз журналист сыпатында жазған мақаламыз итибардан шетте қалмай, адамлардың талқылаўына себеп болып, журналистлердиң және бир мәрте қәлем услаўына түртки болып атырғанлығынан жүдә қуўанышлымыз. Қуўанышлы тәрепи, бизиң бул мақаламыздан соң белгили журналист Арыўхан Турекееваның республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2018-жыл 8-февральдағы №6 (7970) санының 4-бетинде «Журналистиканың бүгинги машқалалары яки мүлгиген журналистлерди оятың…» атамасындағы мақаласы жәрияланды. Бул мақалада сайтымызда жәрияланған мақала келтирип өтилген ҳәм оған қосымша ретинде журналист өзин қыйнап жүрген машқалаларды да қоса сөз еткен.
Ҳақыйқатын айтыў керек, Қарақалпақстанда журналистлердиң көпшилиги соңғы техника-технологиялардан пайдала алмайды, Интернетке кирмейди, социаллық тармақларға «басын тығып» та қарамайды. Бул гәпти жазыў бизге жүдә қыйын. Кәсибимизге ҳәм кәсиплеслеримизге болған меҳир-муҳаббатымыз себепли болса керек, қолларымыз клавиатураның үстинде ҳәриплерди таўа алмай алжасады, кеўилимиз өзимизге қарсы шығады. Устазларымыздың «журналист ҳәр қандай жағдайда да нейтрал болыўы ҳәм ҳәрдайым ҳақыйқатты жазыўы керек» деген гәплерин қыялымыздан өткерип, бул ашшы ҳақыйқатты, яғный айрым журналистлердиң заман талапларына «жуўап бермейтуғынлығын» тән аламыз.
Усындай журналистлердиң арасынан ажыралып шыққан Арыўхан Турекееваға заманагөй техника-технологияны түсингенлиги, зийреклиги ҳәм оперативлиги ушын миннетдаршылық билдиремиз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...