Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.02.2018 12:28
  • 2121

Әсиримиздиң соңында ири қалалар суў астында қалыўы мүмкин



Америкалы изертлеўшилер топары дүньядағы ири суў бассейнлери жағалаўларында жайласқан қалалар суў астында қалыўы мүмкинлигин болжамақта. Олардың айтыўынша, бундай дүнья жүзилик апатшылық суўдың теңиз қәддинен ярым метрге шекем көтерилиўинен болады. Бул ҳаққында Lenta.ru хабар бермекте.
Илимпазлардың изертлеўлериниң жуўмағы Proceedings of the National Academy of Sciences журналында жәрияланды.
Қәнигелер Жердиң жасалма жолдасындағы 20 жылдан берли топланған дәреклерди анализлей отырып, теңиз қәддиниң көтерилиўин анықлады. Мағлыўматларға қарағанда, дүнья океанындағы суўдың көлеми 1993-жылдан берли 0,084 миллиметрге шекем көтерилип келмекте. Бул бойынша орташа өсиў дәрежесин 2,9 миллиметр деп есапласақ, 2005-2010-жыллар аралығында бул көрсеткиш 65 сантиметрге жеткен.
Илимпазлар бул апатшылыққа тийкарынан музлардың ериўи ҳәм вулканлардың атылыўы себепши болмақта, деген шешимге келген.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...