Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.02.2018 17:45
  • 2591

ЖООда мектепке шекемги билимлендириў бағдарында 3 жыллық бакалаврларды таярлаў системасы енгизиледи

ЖООда мектепке шекемги билимлендириў бағдарында 3 жыллық бакалаврларды таярлаў системасы енгизиледи

2018-2019-оқыў жылынан баслап Жоқары билимлендириў мәкемелеринде мектепке шекемги билимлендириў бағдарындағы күндизги формадағы 3 жыллық бакалаврларды таярлаў системасы енгизиледи.
Сондай-ақ, жаңа оқыў жылынан баслап Жоқары билимлендириў мәкемелеринде сыртқы ҳәм кешки түрдеги бакалаврлар таярлаў системасы жолға қойылады. Онда алдынғы шет ел мәмлекетлериниң, тийкарынан Қубла Корея тәжирийбеси тийкарында бағдарламалар ислеп шығылады.
Усы жылдың март айынан баслап ўәлаятлардағы университетлер ҳәм педагогикалық институтлар базасында бақшалардың педагог ҳәм қәниге емес кадрлары ушын ярым жыллық оқыў бағдарламасы тийкарында қайта таярлаў курслары шөлкемлестириледи.
Бул ҳаққында усы жылдың 14-февраль күнги мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў бойынша өткерилген мәжилисте Ш.М.Мирзиёев айтып өткен.
Соның менен бирге, Президентимиз Қубла Кореяның Пучон университети менен биргеликте Ташкент қаласында мектепке шекемги билимлендириў университетин шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өткен.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...