Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.02.2018 20:15
  • 1677

Аўғанстанда 2017-жылда 3,5 мың әпиўайы пуқара қаза болды – БМШ



2017-жылы Аўғанстанда 3,5 мың тыныш пуқара қаза болған, 7 мыңнан асламы жараланған, деп көрсетилген БМШның Аўғанстан бойынша миссиясының (МООНСА) протоколында. Бул ҳаққында Baq басылымы хабар бермекте.
БМШ Бас хаткериниң рәсмий ўәкили Стефан Дюжаррик қурбанлар саны 2016-жылға салыстырғанда 9%ке азайғанын, бирақ теракт ҳәм қолдан исленген жарылғыш затлардан қайтыс болғанлар көп екенлигин айтып өтти.
2017-жылы соңғы 9 жылда жүз бермеген қанлы теракт жүз берди. Кабулда 2 тонна тротилли жүк машинасы жарылып, 92 тыныш пуқара қайтыс болды. 491 адам жарадар болды. Жарылыў 31-майда Сапедор сарайында – БМШ ўәкиллиги ҳәм Германия елшиханасы алдында жүз берди.
Қайтыс болғанлардың 65%и ҳүкиметке қарсы болған ҳәр қыйлы топарлардың, атап айтқанда, «Талибан» ҳәм «Ислам мәмлекети» сыяқлы экстремистлик уйымларға байланысы бар.
- Аўғанстанның тыныш пуқаралары қорқынышта өмир сүрмекте. Тыныш пуқараларға қастыянлық жасағанлар жазасыз қалмақта, – деп хабарлады БМШның инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Зейд Раад әл Хуссейн.

Ислам Матеков.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...