Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.05.2018 00:56
  • 2247

Соқыр бала ҳаққында аңыз (Аңызлар тилге киргенде…)

Соқыр бала ҳаққында аңыз (Аңызлар тилге киргенде…)

Бурынғы заманда иштен соқыр туўылған бала бар екен. Ол қудайға налынып: «Мени неге соқыр етип жараттыӊ?», - депти. «Себеби, сениӊ әкеӊ де, анаӊ да теӊдей өтирикши еди, жалақор еди», - депти Қудай. Бала бул жуўапқа ҳештеӊе дей алмай тәғдирине көнип жасайберипти. Бир күнлери бала қатты бир нәрсеге сүрнигип жығылады. Ол сүрниккен затын сыйпалап қараса, жартысы жерге көмилип атырған салмақлы зат екен, қопарып алып: «Мынаў не?», - дейди өтип баратырған биреўге. «Алтын-ғой!», - дейди ол. «Мә, сен ала - ғой!» - дейди бала.
«Ҳаў, сен алтынныӊ не екенлигин түсинбейсеӊ бе?» - дейди жолаўшы. «Алтын жөнинде көп еситкенмен, жақсы түсинемен, бирақ бул алтын меники емес», - дейди бала. Жолаўшы күтә инсаплы адам екен, «Өз алтыныӊ өзиӊдики болсын», - деп жөнине кетеди. Бала ҳайран болып, «Ҳа, алтын жойтқан бар ма?» - деп жар салады. Ҳеш ким шықпайды. Бала үйине барыўға ата-анасыныӊ өтиригинен қорқып, туўры қазыға апарып тапсырады.
Сол күни кеште бала уйқысынан оянса, көзлери көретуғын болыпты…

Топлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған