Telegram karinform

Мәденият

  • 27.02.2018 11:07
  • 2446

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

Усы жылдың 25-февраль күни университеттиң Мәденият сарайында барлық факультетлерде оқып атырған студентлер арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының университет басқышы өткерилди.
Таңлаўда университет факультетлеринен 10 команда ҳәм Арқа-батыс әскерий округиниң мобилизациялық шақырыў резерви әскерлеринен ибарат «Жангчилар» командасы 2 мезгилде өз ара қәбилетлерин сынады.
Түске шекемги мезгилде Шет тиллери факультетиниң «Дилмаш International», Дене мәденияты факультетиниң «Физвос», Химиялық технология факультетиниң «Төрт көз түўел», Өзбек филологиясы факультетиниң «TurKaz.Uz», Қарақалпақ филологиясы факультетиниң «Жаслар» ҳәм Арқа-батыс әскерий округиниң мобилизациялық шақырыў резерви әскерлеринен ибарат «Жангчилар» командалары жеңимпазлық ушын өз ара беллести.
Түстен кейинги мезгилде тарийх ҳәм ҳуқық факультетиниң «Юристлер», социал-экономика факультетиниң «ЭФЖ», техника факультетиниң «Инжиниринг», тәбияттаныў факультетиниң «Red book» ҳәм физика-математика факультетиниң «Басым» командалары өз қәбилетлерин көрсетти.
Университеттиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Ҳ.Турсунбоев, ҚР Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Қ.Юсупов, ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы И.Сейтназарова, мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлими баслығы У.Асанов, мәденият сарайы директоры А.Исмайловлардан ибарат төрешилер қурамы қойған баҳаларға муўапық жәми 73 балл топлаған тәбияттаныў факультетиниң «Red book» командасы 3-орын, өз ара теңдей 82 балл топлаған техника факультетиниң «Инжиниринг» ҳәм физика-математика факультетиниң «Басым» командасы 2-орынға ылайық деп табылған болса, жәми 89 балл топлап, ҳәммени өз қәбилетлерии менен лал қалдырған қарақалпақ филологиясы факультетиниң «Жаслар» командасы 1-орын жеңимпазы деп табылды.
Барлық қатнасыўшы командалар ҳәм жеңимпазлар университет кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

ҚМУда «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди (+фото)

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.