Еринлери қатты исип кеткенликтен Мерве аўзын аша алмай қалды. Жәбирленген қыз емлеўханаға алып барылды, бирақ, исик қайтпады.

Жергиликли ҒХҚның хабарында жазылыўынша, қызды операция ислеген хирург Сонер социаллық тармақларда Әзербайжанда усы тараў бойынша билим алғаны жөнинде мағлыўмат қалдырған. Бирақ, қыз оның үстинен шағым еткеннен соң, ол негизинде шаштәрез екенлигин, Мерве Келеш болса оннан пул өндирмекши екенлигин айтып өткен.
Қызды елеге шекем емлеўдиң илажы болмады, себеби, врачлар өзин хирург деп таныстырған Сонердиң қыздың ернине қандай элемент қосқанын анықлай алмай атыр.