
Лола Каримова инстаграмдағы өзиниң арнаўлы бетине Ислам Каримов атындағы фонд тәрепинен өткерилип атырған грант жеңимпазларының дизимин келтирип өтти. Жеңимпазлар дүнья жүзиндеги ең алдыңғы оқыў орынларының магистратура бағдары бойынша билим алады. Таңлаўда 300 ге шамалас студент өзлерин сынап көрди. Қатнасыўшылар қәнигелик ҳәм инглис тиллери бойынша тест тапсырды ҳәм оннан 12 студент жоқары балл топлады. Таңлаў төмендеги қәнигеликлер бойынша өткерилген еди: тәбийий пәнлер (қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм химия), суў ҳәм жер ресурсларын басқарыў, машинасазлық технологиялары, азық-аўқат қәўипсизлиги, азық-аўқат ислеп шығарыў ҳәм маркетинги, архитектура, дизайн ҳәм сүўретшилик. Оқыў усы жылдың октябрь айынла басланыўы режелестирилген. Биринши Президентимиздиң қызы Лола Каримова жеңимпазларды шын жүректен қутлықлап, олардың алдағы оқыўларында әўмет тиледи.
Сахибжамал Есемуратова