Telegram karinform

Сиясат

  • 03.03.2018 17:23
  • 2118

Россия ҳәм Қытай Айды изертлеў бойынша келисимге қол қойды

Россия ҳәм Қытай Айды изертлеў бойынша келисимге қол қойды

Россия космослық агентлиги менен Қытайдың Миллий космослық комитети Ай ҳәм космосты изертлеў бағдарында шериклес болыў нийетинде, деп хабар бермекте РИА Новости басылымы.
Олар Токиода өткерилип атырған космосты изертлеў бағдарындағы халықаралық форумда өз ара келисимге ерискен.
Келисим 2022-жылы «Луна-Ресурс-1» космослық аппаратын орбитаға алып шығыўда Россия жобасы тийкарында, 2023-жылға режелестирилген Айдың қубла полюсине қоныў бойынша Қытайдың миссиясы бойынша өз ара бирге ислесиўди аңлатады.
Келисимге «Роскосмос» корпорациясының бас директоры Игорь Комаров ҳәм Кытай Миллий космослық комитети баслығының орынбасары У Яньхуа қол қойды. Соның менен бирге, олар Ай ҳәм шексиз космос жойбарлары тийкарында биргеликтеги мағлыўматлар орталығын жаратыўға келисип алды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы