Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.03.2018 18:25
  • 2074

Фото. «Жасырынып жатырған» 1,5 миллион пингвин таўылды



Антарктидадағы қәўипли атаўлардың биринен 1,5 миллион пингвин таўылды. Илимпазлар үлкен-үлкен теңиз музларының атаўды қоршап алғанлығынан ҳәм кемелердиң ҳәрекетине кесент ететуғынлығы себепли, олардың тынышын ҳеш ким бузбаған, деген пикирде. Буған шекем усындай көлемдеги пингвинлер мәканы Антарктиданың Арқа тәрепиндеги атаўдан таўылған еди, деп хабар бермекте BBC.
Космостан түсирилген сүўретлерден 1,5 миллион пингвин қусының поо ҳәм гуано сыяқлы түрлери анықланған. Олар үлкен архипелаглар менен қоршалған аймақта жасамақта. Адам қәдеми жетпегенликтен, пингвинлердиң бул топары биринши мәрте анықланбақта. Уллы Британияның Оксфорд университети ҳәм америкалы илимпазлар жүргизген изертлеўлерде Американың Landsat космослық кемесинен пайдаланылған.



- Биз өз көзимизге өзимиз исенбей, оғада ҳайран қалдық. Себеби, Adélie пингвинлериниң бундай топарласқан түрин биз биринши мәрте анықлап отырмыз. Илимий жаңалық ашып, қуслардың бундай колониясын анықлағанымыз ҳәммемизди бирдей қуўандырды, - дейди Стоуни Брук университетиниң илимпазы Хизер Линч.



Ол Антарктиданың Батыс атаўында Adélie сортлы пингвинлердиң азайып баратырғанын ҳәм ҳәзирги заманагөй жасалма жолдаслардың имканиятлары нәтийжесинде илимий жаңалық ашып, табысқа ерискенлигин билдирди.
Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Adélie пингвинлериниң 200-300 мың ўәкили ғана белгили еди. Олар Дейнджер атаўын мәкан етип, жасап келмекте. Ал енди ғана илимге белгили болған усы сортқа киретуғын 1,5 миллион пингвин илимпазлардың изертлеўлерине мүтәж.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...