Telegram karinform

Мақала

  • 16.05.2017 07:48
  • 2781

«Кимниң баласысаң» ямаса балаларды кишкенелигинен жалатайлыққа тәрбиялаў ҳаққында



Қарақалпақ шаңарақларында көбинесе кишкене балаға «кимниң баласысаң?» деген сораў бериледи. Бала ҳәр сапары ҳәр кимди, көбинесе қасында отырған адамлардың кеўлин алыў ушын солардың атларын айтыўы анық. Айрым ўақытта ол атасын, базыда әжесин, олар қасында болмаса әкеси ямаса анасын айтады. Ҳәмме бирге дастурхан басында отырған ўақытлары ше? Бала кимди көрсетеди? Ол «пәленшениң» деп олардан бирин таңласа, қалғанлардың ҳәммеси өкпелеген кейип билдиреди. Бул болса баланың минез-қулқына тәсир етпеспекен? Бул әпиўайы сораў, әпиўайы жағдайдай түйилиўи мүмкин. Бирақ…
Бул ҳәрекет пенен баланы жалатайлыққа, жағымпазлыққа баслап атырған болмаймыз ба? Себеби, ол қасында отырған адамды көрсетип, «пәленшениң баласыман» деген жуўапты береди. Бул арқалы бала сол адамның кеўлин көтермекши болып, соған жағыныўды ойлайды. Бундай тәрбияланған балалар кейиринек баслықларына ямаса кәсиплеслерине жалатайлық пенен мүнәсибетте болыўы турған гәп. Бул әдет бала өскен сайын жалатайлық, жағымпазлық характерге айланбаўына ким кепиллик береди?

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған