
Лола Каримова Өзбекистанлы гимнастлар Оксана Чусовитина, Анастасия Сердюкова, Сабина Тошкенбоева ҳәм Нуриниссо Усмоноваларды Баку қаласында болып өтип атырған Ислам шериклик ойынларындағы жеңиси менен қутлықлады. Бул туўралы Лола Каримова фейсбук социаллық тармағы арқалы хабар берди.
Оксана Чусовитина сүйенип секириў жарысында Әзербайжан, Индонезия ҳәм Туркиялы қарсыласларын изде қалдырып, алтын медальды алыўға миясар болды.
Көркем гимнастика бойынша Анастасия Сердюкова финал жарысларында булава менен орынланатуғын жарыста алтын медальды, топ пенен орынланатуғын жарыста гүмис медальды ийеледи.

Сабина Тошкенбоева булава ҳәм лента менен орынланатуғын шынығыўларды жақсы орынлап еки бронза медалы менен сыйлықланды.
Өзбекистанлы гимнастлар топарлық ойынларды да жоқары нәтийжелерге ерисип гүмис медальды ийеледи.


Мағлыўмат ушын, усы жылғы Ислам шериклик ойынларында Ислам шериклиги спорт федерациясыны ағза 57 мәмлекеттен 3000 нан аслам спортшы қатнаспақта. Жарыслар бағдарламасына 20 спорт түри киргизилген.