
Фейсбук социаллық тармағы пайдаланыўшысы Ёкутой Аробиддиновна Абдужаббарова Maslahat.uz топары арқалы социаллық тармақ пайдаланыўшыларын ескертти. Онда 14-май күни Андижан ўәлаяты, Шаҳрихон районында музқаймақтан көп адам зәҳәрленип атырғанлығын хабарланды. Райондағы емлеўханалар музқаймақтан зәҳәрленгенлер менен толып кеткенлиги себепли олардың айырымларын басқа районларға жибериўге туўры келгенлиги, ҳәттеки олардың саны 1000 асқанлығы айтып өтилген. Социаллық тармақ пайдаланыўшысы Ёкутой Аробиддиновна Абдужаббарова өзиниң жақынлары анасы, жийени ҳәм әжағасының 6 жасар қызы да музқаймақтан кеселленгенлиги анықлаған. Ҳәзирде Андижан ўәлаты ИИБ ҳәм Ден саўлықты сақлаў басқармасы усы мәселе бойынша тексериў жумысларын жүргизип атыр.
Сахибжамал Есемуратова