
Қырғызстан Республикасы Чуй ўәлаятындағы атызларды шегиртке басып кетти деп хабар берди районлық ҳүкимет ўәкилханасы баспасөз хызметине сүйенип sputnik.news-uz.com. Ҳәзирги ўақытта улыўма 1200 гектар жер майданлары химиялық жол менен шегирткелерден тазаланбақта.

«Бул зыянкеслерди дәслепки 20 күн ишинде жоқ етиў керек, болмаса кеш болады», - деген пикирди айтпақта ҳүкиметлик ўәкилхана хызметшиси.