
Қазақстанның Алматы ўәлаяты Үшарал қаласында кишкене қыздың аяқлары асфальт жолға жабысып қалды. Ўақыяның видеокөринислери 24-май күни Инстаграм социаллық тармағында жәрияланды.
Көринис жолда ҳәрекетленип атырған машина ишинен түсирилген. Ондағы көринислерде кишкене қыздың еле толық қатып үлгермеген асфальт жолдан кесип өтип атырғанда аяқларының жолға жабысып, ҳәрекетлене алмай атырғаны сәўлеленген. Ол қызды жолдан өтип баратырған автомобильлердиң бириниң басқарыўшысы тартып алған.