
25-май күни «Сўғдиёна» универсал спорт комплексинде жүзиў бойынша беллесиўлерге старт берилди. Онда жерлеслеримизден қызлар арасында Меңлибаева Бийбигүл 50 метрге брасс усылында 2-орын, қызлар арасында 100 метрге баттерфляй усылында Уразымбетова Марджина 1-орын, қызлар арасында 4х50 метр эстафетада Мырзагулова Айгүл, Меңлибаева Бийбигүл, Уразымбетова Марджина ҳәм Шәрибаева Ақжарқынлардан ибарат командамыз 3-орынды ийеледи ҳәм командамыздың есабына тийисли рейтинг очколарды келтирди. Беллесиўлер даўам етеди.
Ислам Матеков.